Инсан қәдири жылнамасында халықтың разылығының көринислери сәўлеленеди. Календарьды ашып қарасақ

Описание к видео Инсан қәдири жылнамасында халықтың разылығының көринислери сәўлеленеди. Календарьды ашып қарасақ

Календарь

Календарь сөзин латын тилинен аўдарғанда, қарыз дәптери деген сөзди аңлатар екен.
Биз бийкарға календарь сөзи менен сөз басын басламадық.
Ҳүрметли Президентимиздиң  "Инсан қәдири ушын" басламасы тийкарында мәмлекетимиздиң сиясатында, қарақалпақ халқының тәғдириндеги түпкиликли жаңа басқышындағы бурылыслары себепли, жыллар даўамында пуқараларға қыйыншылық туўдырып келген машқалалардың шешими табылып, ел-халықтың разылығына ерисилмекте.

Календарь бетиндеги сәнелерге, ҳәптелерге нәзер таслар екенбиз, алтын сыяда жазыўға ылайықлы әмелий ислер исленип, булардың барлығы халықтың турмысын жақсылаўға қаратылғанлығын айрықша белгилеп қойыўға арзыйды.

"Инсан қәдири" Қарақалпақстан ушын не берди?-деген сораў менен жылнамалар календарын ашып қарасақ, қарақалпақ халқының тарийхында
"Бейнеў – Ақжигит – Өзбекстан шегарасы" халықаралық автомагистралы, Мойнақ районындағы "Ақ кеме" балалар саўалландырыў орайы, елимиздиң уллы перзенти, белгили мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер А.Досназаровтың бюсти, Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы имараты, қаламыздағы Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп интернаты, Қарақалпақстан медицина институты клиникасы, Нөкис районлық медицина бирлеспеси емлеўханасының жаңа имараты,
Хожели районындағы  "Социаллық қалаша", қаламыздағы Гемодиализ орайы, Кегейли районында "Aqtuba textil group" кәрханасы, Бостан каналы ҳәм Арал теңизиниң қурыған ултанына шекем баратуғын бетонлы жаңа каналдың қурылысы, Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының жаңа имараты, қаламыздағы "Гөне қала" МПЖ аймағында 10 дана 7 көп қабатлы турақ жай имаратлары, Әмиўдәрья районындағы жаңа көпир, Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының жаңа оқыў имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы халқымыз ушын үлкен саўға болды.
Ал, биз итибар қаратпаған, жазып өтпеген халықтың турмысын жақсылаўға қаратылған аймақлардағы инфраструктура объектлер, ондағы қурылыс-оңлаў жумыслары, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўдеги субсидиялар, ЖОО да айырым оқыўшы жаслардың шәртнама пуллары мәмлекет тәрепинен қапланып берилиўлерин бирме-бир санап өтпедик.

Бүгинги репортажымызды қаламыздағы 9-санлы улыўма билим бериў мектебинен таярладық.
Кадрларымызға Бердақ бабымыздың "Балам" қосығы йош берип, репортажымызды жанландырады.
Э.Сагалатдинова

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Комментарии

Информация по комментариям в разработке