"Қорланған балалар". Республикамыздағы жалғыз интернаттың әбгер аўхалы

Описание к видео "Қорланған балалар". Республикамыздағы жалғыз интернаттың әбгер аўхалы

Ҳүрметли ҚР Жоқарғы Кеңес баслығы М. Камалов !

Ҳүрметли ҚР Министрлер Кеңеси баслығы Қ. Сариев!

Нөкис қаласы аймағында жайласқан бул Республикалық 10 - санлы мектеп - интернаттың әбгер жағдайы кеше - бүгин пайда болған емес, бул жыллап киятырған аўхал. "Келешегимиз жаслар қолында" - деп дабыл қағыўды билемиз. Бирақ, бул интернат тәрбияланыўшылары бул ураннан тысқары қалған ба ямаса уран тек ХБ министрлиги пикиринше он еки мүшеси пүтин жасларға арналған ба?
Бул жағдайлардың реал ҳақыйқат екенлигин видеоны толық көрсеңиз көзиңиз жетеди.
ҚР ХБМ министри Р.Реимов хабар алмаса, бир жыл ишинде 3 директор өзгерсе бул интернатта билим ,жасаў шараятлары жағынан қандай жақсыланыў болыўы мүмкин?...
Ҳүрметли ел - ҳүкимет басшылары 10 - санлы мектеп - интернатын жеке қадағлаўыңызға аласыз ҳәм тәрбияланыўшылар жағдайын жақсылайсыз деген үмиттемиз!

P.s. Интернат оқыўшыларының ҳәттеки қарақалпақ тилинде билим алыў имкәнияты жоқ ! Себеби олардың оқыўы ушын арнаўлы қарақалпақ тилиндеги Брайль шрифти жоқ !

Комментарии

Информация по комментариям в разработке